KОНСТИТУЦИЯ БАХТЫМЫЗ НЕГИЗИ



Нызам үстинлиги тәмийнлениўи мақсет қылып алынған жәмийетимизде Конституция ҳәм оныӊ тийкарында қабыл етилген нызамлардыӊ мазмун-мәниси ҳаккында ҳуқықый билимге ийе болыў бүгинги күнде тийкарғы мақсет саналады.
Өзбекстан Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми Қараөзек районы оқыў спорт техника клубы тәрепинен райондағы 2-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде өткерилген иләжда жас әўладтыӊ ҳуқықый билимин асырыў, бас нызамныӊ жәмийетте тутқан орны ҳәм әҳмийетин, мәнис-мазмунын түсиндириў, ҳуқықый санасын ҳәм мәдениятын арттырыўда бирге ислесиўден ибарат болып, онда мектеп оқытыўшы хам оқыўшылары қатнасты.
Салтанатлы байрам иләжын мектеп директорыныӊ руўхый–ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары З.Сабырова ашты ҳәм алып барды. Илажда «Ватанпарвар» шөлкеми Қараөзек районы оқыў спорт техника клубы, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы районлық кеӊесинен ўәкиллер қатнасты. Шығып сөйлегенлер тәрепинен Конституциямыздыӊ әҳмийети, сондай-ақ жаслар қәлбинде ана Ўатанға садықлық, муҳаббат сезимин арттырыўда алып барылып атырылған жумысларға тоқтап өтилди. Мектеп оқытыўшылары тәрепинен баянат жасалып, жыйналғанларға концерт бағдарламасы қойып берилди. Жуўмағында байрамға бағышлап шөлкемлестирилген сүўрет таӊлаўы жеӊимпазлары мақтаў жарлықлары менен хошаметленди.
Қ.ЖАҚСЫМУРАТОВ.