Ҳаял-қызлар спорты: БИРИНШИЛИКТЕ БЕЛЛЕСТИ



«Ватанпарвар» шөлкеми ОСТК баслығы орынбасары Ф.Акимниязов спорт иләжыныӊ әҳмийетин ҳәм шөлкем ўазыйпаларын түсиндирип, бас нызамымыз қабыл етилген сәне менен қутлықлады. Сондай-ақ бириншилик шәртлерин түсиндирип, қатнасыўшыларға әўмет тиледи.
Жарыс тийкарынан ҳаўа мылтығынан оқ атыў, дартс, қол тиреси ҳәм спорт шынығыўларын орынлаў шәртлери бойынша өткерилип, жуўмағында 1-орынды мектептиӊ руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Г.Мамутова, 2-орынды биология пәни оқытыўшысы А.Сагатдинова, 3-орынды дене тәрбия пәни оқытыўшысы Н.Таўбаевалар ийелеп, шөлкем тәрепинен естелик саўғалары ҳәм мақтаў жарлығы менен хошаметленди. Бирге ислесиўши мәкеме, шөлкемлер менен бирге спорт иләжларын шөлкемлестириў бойынша келисип алынды.
Қ. Жақсымуратов.